5-январ күни журтымыз уламаларынан марҳум Шайх Муҳаммад Садық ҳәзиреттиң баласы Исмайыл дамла, устазымыз Муҳаммад Айюб дамла ҳәм Раҳматуллаҳ қарый Сайфуддиновлар Ҳиндстанға сапарға кетти. Сапардан мақсет Ҳиндстандағы «Сунний мәденият орайы»ның шѳлкемлестирилгенине 40 жыл толыўы мүнәсибети менен болып атырған мәресимге қатнасыў.
Уламаларымызды мезбанлар жоқары дәрежеде күтип алды.
Намазлыгерден кейин мийманлар «Сунний мәденият орайы» баслығы шайх Әбиў Бәкир Аҳмад Муслияр ҳәзирети менен ушырасып, журтымыздың, Маўарауннаҳр мусылманларының сәлемлерин жеткерди. Ушырасыў даўамында шайх ҳәзиретлери устазымыз марҳум шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф ҳәзиретти, ол кисиниң уллы хызметлерин еслеп, ҳақына дуўалар етти.
Уламаларымыз мәресим басланаман дегенше диний, илимий-техник кѳргизбени тамашалады.
Бул кѳргизбе Орай қасында жайласқан мектеп, колледж оқыўшы ҳәм талабаларының ислеген ислеринен жыйналған.
Кейин орай қасындағы «Таҳфиз» мектебиниң он бесинши жыл питириўшилерин – қарыйларды сыйлықлаў мәресими басланды.
Марҳум шайх Муҳаммад Садықтың баласы Исмайыл дамла орай баслықлары ҳәм хызметкерлерин бул үлкен итибары ушын рахметлер айтып орайдың 40 жыллығы мүнәсибети менен арнаўлы естелик саўғаны тапсырды.
Буннан кейин «Таҳфиз» талабаларына гүўалықлары берилди.