Бүгин, Нѳкис «Имам ийшан Муҳаммад» жаме мешити мәжилислер залында усы жылы январь айында нәўбеттеги Умра зыяратына барыўшы пуқаралар менен ушырасыў болып ѳтти. Ушырасыўға Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов қатнасып, зиярат әдеби ҳәм тәртиби, соңғы жылларда елимизде бир қанша унамлы өзгерислер, раўажланыўлар, алға илгерилеўлердиң жүз берип атырғанлығы, солар қатары динимиз, бай тарийхымыз, үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримиздиң қайта тикленгенлиги, ғәрезсизлик дәўири Ўатанымыз ушын ҳақыйқаттан да руўхый тиклениў ҳәм илгерилеў дәўири болғанлығы ҳаққында айтты.
Январь айындағы нәўбеттеги Умра зияратында Шымбай районы бас имамы Ильяс Қазақбаев басшылық етеди.
Умра зыяраты бойынша мүрәжат ушын телефон: +998-97-349-04-57.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты