Фото

Қоңыратлы имам-хатиблер жумысларын жеделлестириў мақсетинде иләж шѳлкемлестирилди

18 Декабрь, 2024 1894

Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разовтың басшылығында Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хызметкерлери, қазы орынбасары А.Джолаушиев, Нѳкис қаласы бас имамы А.Набатов, Шоманай районы бас имамы Б.Амедов, Қанлыкѳл районы бас имамы Н.Наимов ҳәм Қоңырат районы ҳажыларынан ибарат топар дүзилип, Қоңырат районындағы «Ҳәким Сулайман» ҳәм «Молла Исҳақ» мешитлериниң жумысларын үйрениў, имам-хатиблер менен тәжирийбе алмасыў, оларға кѳрсетпелер бериў мақсетинде иләж ѳткерилди. Иләжда мешит жайласқан мәҳәллелерде жасаўшы машқалалы, жәрдемге мүтәж шаңарақлар, нәгиранлығы болған пуқаралар ҳалынан хабар алыў, оларға материаллық ҳәм әмелий жәрдемлер бериў де белгиленген.

Иләждан соң «Ҳәким Сулайман» мешитиниң жаңадан қурып питкерилген тахаратханасындағы шараятлар менен танысты ҳәм қурылыс жумысларына жақыннан жәрдем берген қурылысшыларға қазы Б.Разов Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты атынан миннетдаршылық билдирди.

Исши топар ағзалары райондағы «Санъат, Әдебият, Наўайы, Кийет, Темир жол, Қумбыз, Алтын кѳл» мәҳәллелериндеги жәми 13 шаңарақлардың жасаў жағдайларынан хабар алды, шаңарақ ағзалары менен сәўбетлесип, азық-аўқатлық ѳнимлеринен материаллық жәрдемлер берди.

Бас имамлар райондағы мешитлерде әмелге асырылған тазалаў, абаданластырыў, гүз-қыс мәўсимине таярлық жумыслары, мешитлерде ис жүритиў ҳүжжетлериниң нызам талапларына сәйкеслигин кѳзден ѳткерди, кемшиликлерди толықтырыў ушын кѳрсетпелер берди.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов «Ҳәким Сулайман» мешитинде, Нѳкис қаласы бас имамы А.Набатов «Молла Исҳақ» мешитинде пешин намазында «Мешит әдеби. Тынышлық ҳәм қәтержамлық. Миллетлер аралық дослық» темаларында баянат жасады.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты хызметкерлери

Тэглер