Фото

Жәрдемге мүтәж шаңарақларға метериаллық жәрдемлер кѳрсетилди

15 Декабрь, 2024 1806

Қарақалпақстанлы ҳажылар ҳәм имам-хатиблер қәўендерлер кѳмеги менен орынлардағы кем тәмийинленген, бағыўшысынан айрылған ҳәм ѳзгелер жәрдемине мүтәж шаңарақларға материаллық ҳәм әмелий жәрдемлер берип келмекте.

Атап айтсақ, Пайтахтымыз Нѳкис қаласындағы «Жийдели байсын» мәкан пуқаралары жыйынында жасаўшы, жәрдемге мүтәж, бағыўшысынан айрылған шаңарақларды материаллық жақтан тәмийинлеў мақсетинде азық-аўқат ѳнимлери, шаңарақ балалары ушын қысқы кийим-кеншеклер бериў иләжы шѳлкемлестирилип, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳәм «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан бѳлими тәрепинен қәўендерлер кѳмеги менен материаллық жәрдемлер берилди. Онда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов ушырасып атырған машқалаларды сабырлылық пенен жеңиў, елимиздеги жаратылып атырған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў мазмунында шаңарақ ағзалары менен сәўбетлести.

Сондай-ақ, Нѳкис қаласы «Сәлмен ийшан» мешити имам-хатиби А.Набатов, Шымбай районы «Юсип ата» мешити имам-хатиби А.Қаражанов, Қоңырат районы «Ҳәким Сулайман» мешити имам-хатиби Р.Умаров, Әмиўдәрья районы «Ноғай ийшан» мешит имам-хатиби У.Қурбаниязовлар жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳалынан хабар алып, оларға азық-аўқатлық ѳнимлери берилди. Қоңырат районы «Молла Исҳақ» мешити имам-хатиби қәўендерлер кѳмеги менен кем тәмийинленген шаңарақтың жайына шифер қағып берди.

Материаллық ҳәм әмелий жәрдемлер кѳрсетилген шаңарақ ағзалары бундай қайырқамлық иләж шѳлкемлестириўшилерине ѳзлериниң миннетдаршылығын билдирди.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

Тэглер