Фото

Шешенстанда Орта Азия усылында салынып атырған мешит питиў алдында

04 Январь, 2018 1319

Шешенстан Республикасының «Шали қаласы»нда ѳзбекстанлы архитекторлар жойбары тийкарында 20 мың адам сыятуғын мешит қурып атыр.

Бул мешитке жергиликли халықтың усынысы менен Республика баслығы Рамазан Қәдировтың аты берилиўи режелестирилген. Жаңа мешиттиң қурылысы 2012-жыл март айында басланған болып, 2018-жылы ашылыўы режелестирилген. Мешиттиң жойбарын ислеўде ѳзбекстанлы архитекторлар ис алып барған.

Мешит “Шали-Сити” деп аталатуғын киши район қасында жайласқан. Мешиттиң 4 тәрепинде бәлентлиги 63 метр келетуғын 4 минара жайласқан, мешит гүмбезиниң бәлентлиги 43 метрди қурайды. Мешит қасында 12 фонтан жайласқан. Мешиттиң сырты ҳәм иши грек ақ мармар таслары менен қапланған. Мешит әтирапы 6,5 гектарды қурайды.

Мағлыўмат ушын, жақын Нѳкис қаласында қайта реконструкция етилген Имам ийшан Муҳаммад мешиттиң улыўма майданы да 5,5 гектар әтирапында, мешит гүмбези реконструкциядан кейин 21,5 метр болды, реконструкциядан алдын 19,5 метр еди. Ал минараның узынлығы 32 метрди қурайды.

Тэглер