Ислам дини өз аты менен тынышлық дини есапланады. Динимиз әдеп-икрамлылық, мийрим-шәпәәт, мийриманлық, кемтарлық, ҳүрмет ҳәм тынышлыққа тийкарланады.
Кеңпейилликке тийкарланған Ислам дини инсаниятқа Аллаҳ тааланың мийрими, уллы неъматы болып нәзил қылынғанлығы Қураны кәриймде баян етилген:
«Бүгин Мен сизлердиң диниңизди кәмил қылып бердим, сизлерге неъматымды толық бердим, сизлерге Исламның дин болыўына разы болдым…» (Маида сүреси, 3-аят).
Ислам дининиң тийкарларын қәте түсинген айрым кимселер ҳәр қыйлы жоллар менен жасларымызды социаллық тармақларда бузғыншы идеялар менен ойын бузып атыр. Айрым ўатанласларымыз ислам дининиң негизги мазмунын туўры түсинбеўи себепли бузғыншылардың «өрмекши торына» өзлери билмеген ҳалда илинип қалмақта. Жасларымыздың бундай аўҳалға түспеўине алды менен ата-аналар жуўапкер. Перзентлер тәрбиясына немқурайды болыў, олар менен жақын байланыста болмаў жақсылық пенен жуўмақланбайды. Аллаҳ таала Бақара сүресиниң 205-аятында былай деген:
«…Аллаҳ бузғыншылықты жақсы көрмейди» (Бақара сүреси, 205-аят).
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам ҳәдислериниң биринде: «Қайсы бириңиз таңда уйқыдан оянғанда шаңарағы тыныш, дени саў ҳәм үйинде бир күнлик азығы болса, билсин онда дүньядағы ҳәмме неъматлар берилген екен».
Тынышлық – бул Ислам ураны есапланады. Перзентлеримизге Ислам дининиң тынышлыққа болған итибары қаншелли үлкен, кеңпейиллик оның негизи екенин туўры түсиндирейик.
Халқымызда «Бир күн урыс болған жерден қырқ күн берекет көтериледи» деген нақыл бар. Урыс болып атырған үлкелерде раўажланыў да, экономикалық өсиў де болмайды. Керисинше, ҳәмме нәрсе артқа кетеди. Журттан пайыз-берекет көтериледи. Тынышлық қәдирленбесе, сақланбаса ҳәм фитна-бузғыншылыққа есик ашып берилсе, бул сол журтти ўайран қылмастан шығып кетпейди. Фитна жүз берген болса, оның сапластырылыўы жүдә қыйын болады.
Солай екен, Аллаҳ таала үстимизге жаўдырып қойған тынышлық неъматының қәдирине жетейик. Ғәрезли мақсетли кимселердиқ алдаўына ушып, жалған ўәделерине илинип қалмайық. Әне сонда Аллаҳ таала ўәде еткениндей неъматларын зыяда қылабереди.
Журт тынышлығына бәршемиз жуўапкермиз. Соған бола, ҳәр ким өз имканиятынан келип шығып, тынышлыққа үлес қосыўы керек. Себеби, тынышлықтың илаҳий неъмат екени ҳаққында Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген: «Аллаҳтан әпиў ҳәм тынышлық-аманлықты сораң. Себеби бир адамға ийманнан кейин тынышлық-аманлықтан абзалырақ неъмат берилгени жоқ» (Имам Термизий рәўияты).
Бул тынышлықты сорап жасы үлкен, кекселеримиз мудамы дуўада болыўы керек. Бул тынышлықты сорап дуўа қылыў Пайғамбарлардың атасы болған Ибраҳим пайғамбардың сүннети есапланады. Ибраҳим алайҳиссалам Макка қаласынына тынышлық сорап дуўа қылғаны Қураны кәриймде келген:
«Рәббим, буны (Мәккәны) аманлық журты қыл ҳәм оның халқынан Аллаҳға ҳәм ақырет күнине ийман келтиргенлерин мийўелер менен ырысқыландыр», деп дуўа қылған.
Әбиў Жаъфар бул аяттың тәфсиринде аманлық журты қыл, дегенде жәбир-зулымнан, басқа халықлар тәрепинен басып алыныўынан, журтқа жететуғын тәбийий апатлар болған Аллаҳтың азабынан аманда қыл дегени, дейди.
Бул тынышлық неъматын көре алмастан, халық арасына иритки салмақшы болған фитнашылар да жоқ емес. Олар ҳәмме жерде фитна шығарып, өзлери қәлегендей дүнья еллериндеги тынышлықты жоқ қылыў ҳәм буның арқасынан өзлериниң жаўыз нийетлерин әмелге асырыў болып есапланады. Ашынарлысы, бул фитналарға билип-билместен қосылып қалып атырғанлар бар. Журт тынышлығын жоқ қылыў ушын фитна қозғаў кеширилмес гүна екенин ҳәмме билип алыўы керек.
Бақара сүрсеи 191-аятында: «Фитна (алаўызлық) өлтириўден де жаманырақ» делинген. Ал, Бақара сүреси 217-аятында болса: «Фитна (алаўызлық адам) өлтириўден де үлкенирек (гүна)» делинген.
Заманымыз алымларынан бири марҳум Әлий Сабуний раҳимаҳуллаҳ бул аятты өзиниң «Тәфсирул ўазиҳ әл-муяссар» китабында төмендегише тәфсир қылған: «Мусылманды дининде фитнаға салыў (тынышлығын бузыў) Аллаҳтың алдында адам өлтириўден де үлкенирек». Демек, фитна шығарыў, елдиң тынышлығына иритки салыў Аллаҳ тааланың алдында адам өлтириўден де көре үлкенирек гүна екен.
Фитна ўақтында мусылман адам не қылыў керек? Буны төмендеги ҳәдистен билип аламыз:
Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳу рәўият қылған ҳәдисте бундай делинген: «Келешекте фитналар болады. Ол фитналар келгене, отырған адам турған адамнан жақсы, турған адам жүрген адамнан жақсы, жүрген адам (фитнаға қарап) жүгирген адам жақсы. Ким фитнаға қызығып, оған ҳәрекет етсе, (фитна) оны өзине тартып алып набыт қылады. Ким оннан қашып қутылатуғын жер таўса, сол жерден пана тапсын (фитнаға араласпасын)» (Имам Бухарий ҳәм Имам Муслим рәўияты).
Демек, фитналар болып турған ўақытта мусылман адам әмел етиўи керек болған Ислам әдеплери ҳәдисте келгениндей төмендегилер екен.
* Қуран ҳәм сүннетке ериў, екеўин беккем услаў;
* Аллаҳ тааладан фитна ҳәм оған жақынластыратуғын ҳәр бир нәрседен узақ қылыўын, алааўызлық, келиспеўшилик, жеңилтеклик ҳәм дин ақыйдаларына кери ис яки бузық жоллардан сақлаўын сорап дуўа қылыў;
* уламалар етегинен услап, олардың илимлеринен пайда алып, өткен солиҳ адамлардың жолларын услаў;
* жумсақлық, асықпаў, кемтар ҳәм мләйым болыў, ғәзеп ҳәм ҳаўлықпадан сақланыў.
Усы көрсетпелерге әмел етсек, фитна ўақтында ҳақыйқый мусылманнынң исин қылған боламыз. Егер ҳәмме усы көрсетпелерге әмел етсе, шыққан фитна аз ўақытта өз-өзинен жоқ болып кетеди.
Ислам тәлийматына көре, пүткил инсаният расасы, реңи, социаллық келип шығыўына қарамастан барлығы тең есапланады. Бул ҳаққында Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам өзиниң мүбәрек ҳәдислериниң биринде: «... Дыққат қаратың! Арабтың араб болмағаннан, араб болмағаннық арабтан, қызылдың қарадан, қараның қызылдан абзаллығы жоқ. Абзаллық тек тақўада. Аллаҳ тааланық алдында ҳүрметлирегиңиз тақўалыңыз», деген.
Ислам дини басқа миллет ҳәм дин ўәкиллерине кеңпейил болыўды тәлим береди. Инсан затын миллети, динине қарамастан ҳүрметлеўди үйретеди.
Бул ҳаққында Қураны кәрийм «Исро» сүреси 70-аятта Аллаҳ таала былай дейди:
«Ҳақыйқатында да, Биз Адам перзентлерин ҳүрметли қылып қойдық, оларды қурғақлық ҳәм теңизде (көликлерге миндирип) көтерип қойдық, пәк нәрселер менен ырысқыландырдық ҳәм оларды Өзимиз жаратқан көп нәрселерден улыўма абзал қылдық».
Бул ҳүрметлы қылыў ҳәр бир инсанды инсанлығы ушын да ҳүрмет қылыў ҳаққын келтирип шығарады. Исламда ҳәр бир тири жанның ҳүрмети ҳәм орны бар. Инсанларды ҳәр түрли итиқадда болыўы, ҳәр қыйлы миллетте болыўы Аллаҳ тааланың қәлеўине байланыслы ис есапланады.
Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, жер жүзинде 200 ден аслам мәмлекет бар болып, оларда 7 миллиард 700 миллионнан көп халық жасайды. Олар 7000 тилде сөйлеседи. Дүньяның этникалық картасына итибар берсек, бүгинги күнде дүньяда 2000 ға жақын ҳәр қыйлы миллет жасамақта. Бул миллетлер сан жағынан бир неше жүзден, бир неше жүз миллионды қураўын көрсек болады. Солай екен, миллетлер аралық татыўлық, олар арасында өз ара ҳүрмет ҳәм дослық байланысларын орнатыў дүньяда турақлылық, тынышлықты тәминлеўдиң тикарғы себепшиси болып қала береди.
Қураны кәриймниң «Рум» сүреси 22-аятында:
«Оның мөжизаларынан (және бири) – аспанлар ҳәм Жердиң жаратылыўы, тиллериңиз ҳәм реңлериңиздиң ҳәр түрли болыўы. Әлбетте, бунда алымлар ушын белгилер бар» (Рум сүреси, 22-аят).
Бул аятқа көре, адамлардың тили ҳәм реңиндеги парықлар Аллаҳ тааланың мөжизаларынан есапланады. Дүньядағы ҳәр түрлилик Аллаҳ тааланың қәлеўи ҳәм ҳикмети менен байланыслы. Аллаҳ таала дәслеп адамзатты бир ата ҳәм бир анадан жаратты, соң оларды ҳәр түрли миллет ҳәм халықларға ажыратыўды қәледи. Бул ҳаққында Қураны кәриймде былай делинген:
«Ҳәй адамлар! Биз сизлерди бир еркек (Адам) ҳәм ҳаял (Ҳаўа)дан жараттық ҳәм сизлерди өз ара танысыўыңыз ушын (ҳәр түрли) халықлар ҳәм қәўимлер (елатлар) қылып қойдық. Әлбетте, Аллаҳтың алдында ең ҳүрметлирегиңиз (бул) – ең тақўалырағыңыз. Әлбетте, Аллаҳ – Билиўши, Хабардар» (Ҳужурат сүреси, 13-аят).
Ал, бундай ҳәр түрлиликтеги ҳикмет болса, халықлар бир-бири менен улыўма пәраўанлық жолында жарысыўы, аўызбиршилик ҳәм татыў жасаўы ҳәм де социаллық, экономикалық, мәдений ҳәм басқа салаларда бирге ислесиўлер алып барып өз жеңислерин бир-бири менен бөлисиўде көринеди.
Кеңпейиллик мәселесинде Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам тек Ислам үмметине емес, ал пүткил инсаниятқа өрнек болды. Нажраннан Мадинаға келген насронийлер жәмәәти өз ибадатларын орынлап алыўы ушын Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам масжиди Набаҳийдиң бир бөлегин ажыратып бергени тарийхтан белгили. Сондай-ақ, Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам әҳли китаптан болған қоңсылары менен жақсы қарым-қатнаста болатуғын еди, саўғалар берип, олардан да ҳәр түрли саўғалар қабыллайтуғын еди. Қоңсышылық әдеплери, оларға жақсылық қылыў ҳаққында Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан көплеген ҳәдислер келген. Солардан бири, Әбиў Ҳурайра разыяллаҳу анҳудан рәўият қылынады: «Ким Аллаҳға ҳәм ақырет күнине ийман келтирген болса, қоңсысына жақсылық қылсын», деген. Уламалар бул ҳәдислерди үйренип шығып, жақсылық тек мусылман қоңсыға емес, ал басқа дин ўәкилине де бирдей қылынады, дейди.
Жоқарыдағы көрсетпелер болғаны ушын да динимизде адамларды миллетине ҳәм денесиниң реңи бойынша бир-биринен абзал көриўди қадаған етеди. Буған Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам саҳабалары ортасында болып өткен ўақыя да жарқын мысал болады:
Ҳәзирети Әбиў Зарр разыяллаҳу анҳу менен Билал ибн Рабаҳ разыяллаҳу анҳу ортасында бираз келиспеўшилик болып, ашыўы келген Әбиў Зарр разыяллаҳу анҳу Билал ибн Рабаҳ разыяллаҳу анҳуға: «Ҳәй қара денелиниң улы, мени басып алдың!» деген еди, Билал ғәзеп қылған ҳалда орынан турып, «Аллаҳға ант, мен бул исти Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламға айтаман», деди.
Бул хабар жеткерилгенде Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның жүзи өзгерип кетти ҳәм:
«Ҳәй Әбиў Зарр! Сени оны анасы менен айыпладың ба?! Сенде жәҳилият әдети бар екен», – деди (Имам Бухарий рәўияты).
Сонда Әбиў Зарр разыяллаҳу анҳу жылады ҳәм: «Я Аллаҳтың Расули, маған истиғфар айтың», – деди де мешиттен жылаған ҳалда шығып кетти.
Кейин Билалдың алдына келип, жүзин топыраққа қойды-да: «Аллаҳға ант, аяғың менен жүзимди баспағаныңша басымды көтермеймен. Сен жоқары пазыйлетли инсансаң, ал мен пәскешпен», – деди.
Билал да жылап оған жақынласты-да, оның жүзинен сүйди. Соң: «Аллаҳға ант, Аллаҳ ушын бир мәрте болса да сәжде қылған жүзди аяғым менен баспайман», деди. Кейин екеўи орнынан турып, бир-бирин қушақлап, жылаўда даўам етти.
Бул рәўиятта мусылманлар миллетине қарамастан, ҳәммеси аға-ини екени баян етилмекте. Бул нәрсени мөмин-мусылманлар терең аңлап алыўы тийис.
Басқа миллет ҳәм дин ўәкиллери менен аўызбиршиликти беккемлеў ушын мусылманлар олар менен жақсы қарым-қатнас қылыўы лазым. Қуран бул дүньяны ҳәмме халық ҳәм дин ўәкиллери тыныш-татыў жасайтуғын жер, деп жәриялаған. Демек, ислам дини әзелден инсаниятқа негизги мүриўбетти, ҳәттеки өзге дин ўәкиллерине ҳүрмет ҳәм кеңпейиллик пенен мүнәсибетте болыўды үйретип, олар менен тыныш-татыў жасаўға, фитна ҳәм душпаншылықларды сапластырыўға шақырған. Енди еки мусылман адам ортасындағы мүнәсибет қандай болыўын ойлап көриң!
Мөмин-мусылманлар бир-бири менен қандай мүнәсибетте болыўы кереклиги ҳаққында Аллаҳ таала мынандай дейди:
«Әлбетте, мөминлер (бир-бирине) бирадар» (Ҳужурот сүреси, 10-аят).
Яғный мөмин-мусылманлар миллетлери қандай болыўына қарамастан бир-бирине аға-инидей есапланады. Туўысқанлық пенен болған аға-иниликте ата-ананың бир болыўы себеп болса, мусылманшылықта аға-ини болыўдң себеплери оғада көп. Мәселен, Рәббимиздиң бир екени, Пайғамбарымыздың бир екени, қубламыз бир екени ҳәм басқа да арамызда болған ортақ нәрселер көп. Бул нәрсени аңлаўымыз, уғып алыўымыз дәркар болады.
Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам бул ҳаққында мынандай деген:
«Мусылман мусылманның бирадары» (Имам Бухарий рәўияты).
Демек, мөмин-мусылманлар бир-бирине аға-ини ҳәм бирадар болғанынан кейин, олар арасында өз-ара әмел қылыныўы керек болған ҳақ-ҳуқықлар ҳәм беккем байланыслар болады.
Ҳәзирги күнде елимизде халықлар аралық татыўлық ҳәм диний кеңпейиллик тараўында алып барылып атырған ислер жүдә ибратлы. Бул мәселеге мәмлекет сиясат дәрежесинде итибар қаратылып, ҳәр түрли халықлар ҳәм диний конфессиялардың ҳақ-ҳуқықлары нызамлар менен беккемленген. Бул итибарға жуўап ретинде елимизде 16 диний конфессия ўәкиллер узақ жыллардан бери өзара татыў ҳәм аўызбиршиликте қоңсы-қоба болып жасап келмекте.
Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний
ортра арнаўлы ислам билим журты оқытыўшысы
Айдос Якупов