Гиябентлик инсан ѳмириниң душпаны есапланады. Гиябентликке мейил болыў, әсиресе, ержеткенлик жасына жетпеген жас перзентлеримизди барған сайын зәҳәрлемекте. Бул бәле шаңарақлардың бузылып кетиўине себеп болып, нәтийжеде жаслар арасында кѳплеп аўыр жынаятлар, гүнә ислер болмақта.
Гиябентлик — бул аўыр қәстелик. Инсан руҳый жақтан әззи ҳалға келеди, кәсип-ѳнеринен айырылып, ақыбетте жынаят ислерине қол урады, урлық етеди, ѳзине ҳәм басқаларға да бахытсызлық келтирип шығарады. Пәрўардигарға әсилик етип, Пайғамбарымыз алайҳиссалам ҳидаятынан айырылады. Ең аўыры руўхый ҳәм физикалық тәрептен инсаныйлық кѳринисин жойтады. Усыны умытпаўымыз керек, гиябентлик затларды тәжирийбе ушын, оның кәйпин сынап кѳриў мақсетинде, бир-еки мәрте қабыл етиў, «ҳеш нәрсе болмайды», — деп ҳәўес етиў, жүдә қәўипли ҳәм наданлық.
Пайғамбарымыз алайҳиссалам ѳз ҳәдийси шәрийфлеринде: «Ҳәр бир мәс етиўши нәрсе ҳамр, ҳәр бир ҳамр ҳарам», — деп хабарландырған. Усы себеп, келешегимиз болған перзентлеримизге, оқыўшы ҳәм талабаларымызға, мәҳәллелердеги жасларымызға итибарсыз болмайық. Олардың тәрбиясы менен қатаң шуғылланыўымыз, қай жерде, кимлер менен жүргенин, не менен шуғылланып атырғанлығынан хабардар болыўымыз керек. Бир балаға жети мәҳәлле ата-ана, деген гәп бар халқымызда, солай екен, бала ѳзимиздиң перзентимиз бе ямаса басқаники болама оларға итибарлы болайық. Халқымыз келешеги болған бул жасларға, олардың тәрбиясына, илим алыўына итибар берип, келешекте олар халық ушын, миллет ушын, Ўатан ушын, дин ушын хызмет етиўине ҳәрекет етейик!
Тәшўишке салмақта инсаниятты,
Дәўиримиздиң әҳмийетли саўалы,
Умытпайық, лекин бул ҳақыйқатты,
Гиябентлик, билиң өмир заўалы!
«Саўлығың-байлығың», - дейди халқымыз,
Бизлерге берилген бул уллы неъмат,
Даналардан қалған мына нақылымыз:
«Саўлық бул - ҳәр қандай байлықтан қымбат!»
Муқәддес қаныңды былғама ҳасла,
Гиябент болып жасаўды тоқтат,
Яки сен жеңесең әдетиң тасла,
Яки ол қояды өмириңе ноқат!
Нәшебентлик, ишиўшилик сыяқлы иллетлерге берилген, оларға пүткиллей байланып қалыў адамды туңғыйыққа қулатады.
Нәшебентлик затларға байланыслылық үш басқыштан ибарат: биринши басқышта, адам өзин услап қалыўы, бул истен бет бурып кетиўи мумкин. Бирақ, көбинесе «қәлеймен – қәлемеймен» деген екилениў арасынан «қәлеймен»ди таңлайды. Гейде буның жаманлығын, зыян екенлигин биледи, бирақ жалғаншы бир ишки күш: «қәлеген ўақтыңда оннан қутылыўың мүмкин», деп оны исендиреди.
Əне соннан кейин екинши басқышқа өтеди ҳәм тек гиябентлик затлар қабыллаўды қәлейди.
Үшинши басқышта пүткиллей усы затларға байланып қалады. Енди буннан аңсатлық пенен қутыла алмайтуғыны анық болады.
Раҳматулла Абдукаримов, Тахиатас районы «Муҳаммад Мурад ийшан» жоме мешити имам найыбы.