Хабарыңыз бар Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам туўылған ай - Робиул әўәәл айында турмыз. Ҳәр жылы бул ай мүнәсибети бәрше мешитлерде Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасалламның ҳикметке толы мүбәрек ѳмирин жырлаўшы мәўлиди шәриф оқылыўы үрдиске айланған.
Қанлыкѳл районының орайлық «Ешим ахун» мешитинде мәўлиди шариф иләжы шѳлкемлестирилди. Онда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов қатнасты.
Иләжда Имам Жаъфар Барзанжий раҳматуллоҳи алайҳ тəрепинен Нәбий алайҳиссаламның туўылыўы, ѳмир жолы, әдеби ҳаққында жазылған, халық арасында белгили болған “Мәўлиди шәриф” китабы оқылди.
Қазыят қазысы мѳмин-мусылманларға Расулимизди еледе жақынырақ танытыў мақсетинде Оның ишки дүньясы, минез-қулқы ҳәм әдеби ҳаққында айтып ѳтти.
Сапар даўамында Бахрамаддин Разов район бас имамы Н.Наимов пенен бирге райондағы «Атажан хожа» мешитиндеги қолайлықлар, абаданластырыў жумысларын кѳзден кеширди ҳәм имам-хатиблерге бир қатар тапсырмалар берди.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты