Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы «Қуран ҳәм тәжўидти үйретиў» бѳлими тәрепинен диний қәнигелердиң тәжирийбесин асырыў бойынша тәжўид сабағы шѳлкемлестирилген еди.
«Қуран ҳәм тәжўидти үйретиў» бѳлими қәнигеси, қарый Абдулбосит Эшқобилов басшылығында бүгин пайтахтымыздағы орайлық «Имам ийшан Муҳаммад» жоме мешити мәжилислер залында имам-хатиб ҳәм имам найыплар қатнасында тәжўид сабағы басланды.
Онда, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты Б.Разов қатнасып, илим алыў уллы ибадат екенлиги, илим жәрдеминде Рәббини таныўға, Оның парызларын орынлаўға муўапық болыўы ҳаққында аятлардан Пайғамбарымыз САЎның ҳәдислеринен мысаллар келтирди ҳәм қатнасыўшыларға әўметлер тиледи.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.