Бәрше мөмин-мусылманлар үлкен саўапларға ерисиў ҳәм гүналардан пәклениўден үмит еткен ҳалда Умра ибадатын ада етиўге умтылады.
Аллаҳ таала Қурани Кәриймде: “Ҳаж ҳәм Умраны Аллаҳ ушын толық ада етиң”, – дейди. Сондай-ақ, Умра ибадаты ушын үлкен саўаплар, дәрежелер ўәде етилген. Пайғамбарымыз алайҳиссалам да өзиниң ҳәдиси-шәрийплеринде: “Умра-умраға шекемги болған қәтелерге кәппаратдур”, – деп мәрҳамат еткен.
Усы жылы 9-сентябрь күни елимизден Умра зияратын ада етиў ушын кеткен 47 пуқараларымыз Ҳүкиметимиз тәрепинен жаратылған имканиятлар ҳәм қолайлықлардан нәтийжели пайдаланып, Умра әмеллерин орынлап, бүгин елимизге жетип келди. Оларды Нөкис халық аралық аэропортынан Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты, Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний медресеси, имам-хатиблер ҳәм басқа да мекеме, шөлкем ўәкиллери, умрашылардың жақын туўысқанлары ҳәм ғалаба хабар қурал хызметкерлери күтип алды.
«… Умра зияраты әмеллерин ада етиўде үлкен имканиятларды ҳәм қолайлықларды жаратып берген ҳүрметли Журтбасшымызға, ел басшыларына үлкен рахмет. Мадина ҳәм Мәккә қалаларында зияратшылар ушын жаратылған имканиятлар ҳәм қолайлықлардың енгизилиўи, транспорт қураллары хызметлери ҳәммеси кеўилдегидей. Зияратшыларымыз буннан миннетдар. Ибадат әмеллеринде елимиздиң тынышлығы буннанда беккем ҳәм парахат болыўы ушын дуўалар еттик», дейди зияратшылар…
Бегис Аббазов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты медиа қәнигеси