Фото

Мәўлиди шәриф иләжи ѳткерилди

20 Сентябрь, 2024 3514

Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўасаллам туўылған ай - Робиул әўәәл айы мүнәсибети менен елимизде еки әлем Сәрўары саллаллаҳу алайҳи ўасалламның уллы ҳаслы, пəк фитраты, ибрат ҳəм ҳикмет толы мүбәрек ѳмирин жырлаўшы мәўлиди шәриф оқылыўы ийгиликли дəстүрге айланған.

Робиул әўәәл айы басланыўы мүнәсибети менен бәрше мешитлерде мәўлиди шариф оқылмақта. Бүгин Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов пайтахтымыздағы «Сәлмен ийшан» мешитинде шѳлкемлестирилген мәўлиди шәриф оқылыў иләжында қатнасты.

Иләжда Имам Жаъфар Барзанжий раҳматуллоҳи алайҳ тəрепинен Нәбий алайҳиссаламның туўылыўы, ѳмир жолы, әдеби ҳаққында жазылған, халық арасында белгили болған “Мәўлиди шәриф” китабы оқылди.

Қазыят қазысы мѳмин-мусылманларға Расулимизди еледе жақынырақ танытыў мақсетинде Оның ишки дүньясы, минез-қулқы ҳәм әдеби ҳаққында айтты.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер