Фото

Шайх Муҳаммад Садық атындағы мусылманлар диний-мәрипий орайы жумыс баслады

03 Январь, 2018 1360

Россия Федерациясының пайтахты Москва қаласында шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф ҳәзиреттиң атындағы диний-мәрипий орай ис баслады.

Бул орай Москва қаласы, Мясницкая кѳшеси, 30/1/2-үйде жайласқан болып, Россия Федерациясы әдлия министрлигиниң дизиминен ѳткерилген.

«Шайх Муҳаммад Садық атындағы мусылманлар диний-мәрипий орайы» деп аталатуғын бул илим орайы шайх ҳәзиреттиң үлкен илимий мийрасын Россияда жасаўшы ўатанласларымыз ҳәм россиялы мѳмин-мусылманларға жеткериў менен шуғылланады. Орайдың жумысы устазымыздың китаплары ҳәм олар тийкарында таярланған медиѳнимлерди тарқатыў, сондай-ақ, усы китаплар тийкарында тәфсир, ҳәдис, ақоид, фиқҳ, руўхый тәрбия ҳәм басқа илимлер бойынша сабақлар алып барыўдан ибарат.

Аллаҳ таала бул орайдың жумысын даўамлы етсин, ҳәммемизге пайдалы етсин.

Тэглер