Фото

Гиябентликтен сақланың

18 Сентябрь, 2024 2899

Инсан Аллаҳ тааланың берген ақылы менен не пайда, не зыян екенин ажыратады. Ақылға зыян келтиретуғын ҳәр қандай нәрсе ҳарам саналады. Әбиў Даўыт рәўият қылған бир ҳәдисте Пайғамбарымыз Муҳаммад (саллаллаҳу алейҳи ўа саллам): Ҳәр бир мәс қылатуғын ҳәм ақылдан айыратуғын нәрсе ҳарам», деп айтқан. Ақылдан айыратуғын затлардың қатарына мәс қылыўшы ишимликлер, наша, тирийек ҳәм гиябентликке усаған затлардың барлық түри киреди. Аллаҳ ҳарам қылған нәрселерди ҳадал деп санаў мѳминниң ийманнан шығыўына себеп болады.

Ақылдан айыратуғын бундай затларды сатыў ҳәм тарқатыўдың ҳүкими оларды қолланыўдан да аўыр болады. Гиябентлик жолына кирип қалғанлар жақсыны жаманнан, пайданы зыяннан ажырата алмайды. Олар бир мәрте нәпсилерин қанаатландырыў ушын ҳәр нәрсеге таяр болады. Көбинесе гиябентлер урлық, жалатайшылық, ҳәттеки адам өлтириў сыяқлы жынаятларға да қол урады. Гиябентлердиң зыяны тек өзлерине емес, ал келешек әўладларына да тийеди. ϴйткени, олар майып перзентлердиң дүньяға келиўине себепши болады.

Гиябентлик затлар адам ден саўлығына көп зыян келтиреди. Бириншиден, ақылды кемейтеди. Екиншиден, денениң ҳәр қыйлы кеселликлерге шыдамлылығын кетиреди. Үшиншиден, еслеп қалыу уқыбын пәсейтеди. Тѳртиншиден, жүрек хызметин бузады. Бесиншиден, ҳәзирги күнде даўасы жоқ деп айтылып атырған АИЖС кеселлигинеде тийкарынан гиябентлик затларды қабыл етиўшилер кѳбирек шалынады.

Жуўмақлап айтқанда, гиябентлер арынан, абыройынан, ҳүрмети ҳәм кәсип-өнеринен айырылады.

Шаңарағы бузылады, перзентлери тири жетимдей болып қалады. Сондай-ақ, олардың руўхый бузылыўлары, физикалық жоғалтыўлары қайта тикленбейди. Бундай жаман иллетлер жаслар арасында тарқалыўының алдын алыў ушын ата-аналар мудамы сергек болыўы, балалардың биймезгил көшелерде тентиреп, қадағалаўсыз жүриўине ҳасла жол қоймаў керек.

Рахат Умаров, Қоңырат районы «Ҳәким Сулайман» жоме мешити имам-хатиби.

Тэглер

Сергеклик