Фото

«Жыл имамы - 2024» кѳрик таңлаўының биринши басқыш жеңимпазлары анықланды

27 Август, 2024 757

Бүгин, Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы шѳлкемлестириўине ҳәр жылы турақлы түрде ѳткерилетуғын «Жыл имамы» кѳрик таңлаўының биринши басқышы Қарақалпақстан мусылманлары қазыятына қараслы мешитлерде хызмет етип атырған имам-хатиб ҳǝм имам-найыплары қатнасында биринши басқышы болып ѳтти.

Онда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы орынбасарлары И.Шерниязов, А.Джулаушиев, Нѳкис Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний медресеси директоры Ж.Абдираззақов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳǝм Нѳкис Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний медресеси ўәкиллери қатнасты.

«Жыл имамы» кѳрик таңлаўында дөретиўшилик изленислери, елимиздиң турмыс абаданшылығы ҳәм ислам дини раўажына қосқан үлеси, сондай-ақ, имам-хатиблердиң диний ҳәм дүньялық билимлери, өз аймағында алып барған үгит-нǝсият жумыслары, руўхый-ағартыўшылық мазмунда ғалаба хабар қуралларында шығыўлары бойынша белсендилик көрсеткен имам-хатиб ҳәм имам-найыплар ѳз ара беллести. Таңлаў нǝтийжелерине кѳре Тахтакѳпир районы “Халық” жоме мешити имам-хатиби Абдулаҳад Азизов, Нѳкис қаласы “Имам ийшан Муҳаммад” жоме мешити имам-найыбы Мансуров Фарҳад, Қоңырат районы “Молла Исҳақ” жоме мешити имам-хатиби Алтынбек Зинуллаев Алтинбек ҳәм Елликқала районы «Муҳаммад норинжаний» мешити имам-найыбы Мавланов ахадбек кѳрик таңлаўдың биринши басқыш жеңимпазлары деп табылып, таңлаўдың екинши басқышына жоллама.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер