Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты мәжилислер залында республикамыздағы ҳажылардың жас ҳәм кәсиплик шеберлигин инабатқа алған ҳалда, халық арасында руўхый-ағартыўшылық жумысларын үгит-нәсиятлаўшы ҳажылар қатнасында «Янги Ўзбекистон фидойиси тарғиботчи ҳожилар учун қўлланма» китабының кѳргизбеси ѳткерилди.
Кѳргизбеде Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов, Дин ислери бойынша комитеттиң аймақлық бѳлими қәнигеси Н.Жамалов, филология илимлериниң профессоры Қ.Мамбетов ҳәм сиясий пәнлер докторы А.Байриевалар қатнасып, китап ҳаққында кең түсиниклер берди.
Қолланба үгит-нәсиятшы ҳажыларымыздың жас ҳәм кәсиплик шеберлигинен келип шығып, халық арасында жумыссызлықты азайтыў, жынаятшылықтың алдын алыў, жат идеяларға қарсы гүресиў ҳәм шаңарақлық ажырымлардың алдын алыў бойынша социаллық-пайдалы саўаплы ислерге бағдарлыў мақсетинен келип шығып жазылған.
Халық арасында ѳз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, оларды елимиздеги реформалардан хабардар етиў, айрықша шүкиршилик етиў сезимин асырыўға қаратылған текстлер ҳәм үгит-нәсиятшы ҳажылар ушын мәҳәлле, билим бериў мекемелери, жәмийетлик орынларда руўхый-ағартыўшылық жумысларды шѳлкемлестириў бойынша илимий усыныслар жәмленген.
Кѳргизбеден соң ҳажыларға «Янги Ўзбекистон фидойиси тарғиботчи ҳожилар учун қўлланма» китабы тарқатылды.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты