Фото

Байрам мүнәсибети менен жәрдемге мүтәж пуқараларға материаллық жәрдемлер берилди

31 Август, 2024 764

Әлбетте, бир мусылманның басына түскен сынаўлы күнлерде жәрдем қолын созыў Муҳаммад алайҳиссаламның сүннетлеринен. Абу Ҳурайра разияллаҳу анҳудан рәўият етилген ҳәдиси шәрифте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Ким бир мѳминнен бул дүнья машақатларынан бирин жеңиллетсе, Аллаҳ таала Қыямет күни оның машақатларынан бирин жеңиллетеди. Ким бир камбағалдың исин жеңиллетсе, Аллаҳ оның бул дүнья ҳәм ахырет ислерин жеңиллетеди», деп баян еткен.

Көпшилик инсанлар саўаплы истиң басында. Қыйын-қыстаўлы дәўирде халқымыз бир-бирине инсаныйлық жәрдем қолларын созып, ѳткинши қыйыншылықларды бирге жеңип өтпекте.

Диний тараў ўәкиллери халқымыз ушын жаңа оқыў жылында жәрдемге мүтәж шаңарақ перзентлери ушын мектеп формасы, оқыў қураллары алып бермекте. Базы сахый инсанларымыз таза ишимлик суўға мүтәж аймақларға таза ишимлик суўын шығарып бермекте. Қулласы халқымыздың бундай сақаўатлық ислерин кѳплеп айта бериўге болады.

Бүгин, Ѳзбекстан Республикасы Ғәрезсизлиги байрамы мүнәсибети менен Нѳкис қаласындағы орайлық «Имам ийшан Муҳаммад» жоме мешити тәрепинен пайтахтымыздағы еситиў ҳәм сѳйлеў қәбилетинде нуқсаны болған 30 пуқараларға азық аўқат ѳнимлери ҳәм олардың перзентлери ушын оқыў қураллары берилди. Онда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов ҳәм «Имам ийшан Муҳаммад» жоме мешити ўәкиллери қатнасты.

Сондай-ақ, жаңа оқыў жылының басланыўы мүнәсибети менен Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы басшылығында «Вақф» қайырқомлық фонды менен биргеликте пайтахтымыздағы «Қум аўыл» мәҳәллелерде жасаўшы 2 шаңарақтың перзенлери ушын мектеп формалары, оқыў қураллары, бақша жасындағы балаларына ойыншықлар берилди ҳәм оларды Ѳзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 33 жыллық байрамы менен қутлықлады.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер