Фото

Умра зиярати тәртиби түсиндирилди

05 Сентябрь, 2024 1018

Бүгин Нѳкис «Имам ийшан Муҳаммад» жоме мешити мәжлислер залында усы жылы сентябрь айында Умра зияратына барыўшы пуқаралар менен ушырасыў болып ѳтти. Онда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов, Ҳаж ҳәм Умра мәселелери бойынша қәниге М.Аббазов ҳәм зияратқа барыўшыларға басшылық етиўши Беруний районы «Шайх Аббаз валий» жоме мешити имам-найыбы Р.Хайтбайевлар қатнасты.

Ушырасыўда қазысы Б.Разов соңғы жылларда елимизде бир қанша өзгерислер, раўажланыўлар, алға илгерилеўлердиң жүз берип атырғанлығы, солар қатары динимиз, бай тарийхымыз, үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримиздиң қайта тикленгенлиги, ғәрезсизлик дәўири Ўатанымыз ушын ҳақыйқаттанда руўхый тиклениў ҳәм илгерилеў дәўири болғанлығы ҳаққында айтты.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер