Қырғызстан Республикасы Жалалабад ўәлаяты Базарқорған районы Абдураимов аўылында «Ҳамкор» қайырқомлық дүканы ашылды, деп хабар береди район имамы Тынышлықбек ҳажы Шайхов. Оның сѳзлерине кѳре, бул жойбар «Искер жаслар», «1 сом» қайырқомлық қоры ҳәм район мусылманлары басқармасына тийисли болып нәгиран, жетим-жесир, бийшара ҳәм кем тәминленген шаңарақларға бийғәрез жәрдем кѳрсетиўди гѳзлеген.
Бул иске олар Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўасалламның: «Ким бир мусылманның жәрдеминде болса, Аллаҳ оның жәрдеминде болады», деген ҳәдисин уран етип алған ҳәм шығарған плакатларында «мүтәж болсаң ал», «қәдир болсаң бер», деп жазып қойыпты.