Фото

Жаңадан қурылып атырған мешиттиң қурылыс жумыслары менен танысты

07 Сентябрь, 2024 1315

Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов Нѳкис қаласындағы мешитлерде хызмет кѳрсетип турған диний қәнигелер менен биргеликте пайтахтымыздағы Алланияз Қаҳарман мәкан пуқаралары жыйыны аймағында жаңадан қурылып атырған мешитке барды. Мешит ҳәм тахаратхананың қурылыс ҳәм әтирапындағы абаданластырыў жумыслары менен жақыннан танысты, қурылыс усталары менен ушырасып, оларға ҳарымасын айтты.

Мешит Аллаҳ тааланың бәйти. Мешитлер халқымыздың жақсы нийетлерин қабыл етиўши, ата-бабалар руўҳын шад етип, халқымызды қуўанышқа бөлеп, мусылманшылық парызын орынлаўға хызмет ететуғын уллы дәргай болыўын сорап дуўалар етти.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер