Усы жылы август айында Қарақалпақстан мусылманлары қазыятына қараслы мешитлерде хызмет етип атырған имам-хатиб ҳǝм имам-найыплары қатнасында “Жыл имамы - 2024” кѳрик таңлаўының биринши басқышы болып ѳткени ҳаққында алдын хабар берген едик.
Бүгин усы таңлаўдың республикалық екинши басқышы болып ѳтти. Онда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов, қазыят, Нѳкис Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний медресеси хызметкерлери ҳǝм бәрше мешит имам-хатиб ҳәм имам-найыплары қатнасты.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы тәрепинен ҳǝр жылы шөлкемлестирилип барылатуғын «Жыл имамы» кѳрик таңлаўында дөретиўшилик изленислери, елимиздиң турмыс абаданшылығы ҳәм ислам дини раўажына қосқан үлеси, сондай-ақ, имам-хатиблердиң диний ҳәм дүньялық билимлери, өз аймағында алып барған үгит-нǝсият жумыслары, руўхый-ағартыўшылық мазмунда ғалаба хабар қуралларында шығыўлары бойынша белсендилик көрсеткен, таңлаўдың биринши басқышында жеңимпаз болған имам-хатиб ҳǝм имам-найыплар беллести.
Кѳрик таңлаў нǝтийжелерине кѳре Қоңырат районы “Молла Исҳақ” жоме мешити имам-хатиби Алтынбек Зинуллаев кѳрик таңлаўдың екинши басқыш жеңимпазы болып, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тǝрепинен диплом ҳǝм естелик саўғалары менен сыйлықланды ҳǝм Ташкент қаласында болып ѳтетуғын республикалық басқышқа жоллама алды.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты