Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты мәжилислер залында Өзбекстан мусылманлары басқармасы тәрепинен шығатуғын “Ислам нуры” газетасы, “Ҳидаят ҳәм Мўминалар” журналларының ѳзбек ҳәм қарақалпақ тилиндеги басылымларына жазылыўда белсендилик кѳрсеткен имам-хатиблерди хошаметлеў мәресими болып ѳтти.
Мәресимге Шамсуддинхон Бобоханов баспасы бѳлим баслықлары Т.Низамов, Ю.Сабуров, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов, қазыят хызметкерлери, республикамыздағы бәрше мешит имам-хатиб ҳәм имам-найыплары қатнасты.
Елимиздеги ҳәр бир шаңараққа Ислам нурын ҳәм Ҳидаят таратыўда үлес қосқан, сондай-ақ, диний басылымларға жазылыўда, атап айтқанда “Ислам нуры” газетасы ҳәм “Ҳидаят” журналының ѳзбек тилиндеги басылымына жазылыўда Әмиўдәрья районы “Юсуф ийшан баба” мешити имам-хатиби А.Матсапаев, усы газета-журналлардың қарақалпақ тилиндеги басылымына жазылыўда белсендилик кѳрсеткени ушын Мойнақ районы “Тоқпақ ата” мешити имам-хатиби Р.Тлеўбаев ҳәм басқа да мешит имам-хатиблери Шамсуддинхон Бобоханов баспасы тәрепинен хошаметленди ҳәм естелик саўғалары берилди.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты