Фото

Нәўбеттеги хызмет сапары Елликқала районына болды

14 Август, 2024 1877

Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов Елликқала районындағы ҳажылар ҳәм имам-хатиблер менен биргеликте “Жаңа Өзбекстан пидәйисы болып, руўхыйлық үгит-нәсиятшысына айланамыз” сүрени тийкарында райондағы жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳалынан хабар алыў мақсетинде Елликқала районына барды. Район бас имам Исмойил Атажанов ҳәм ҳажылар менен биргеликте «Ибн Сино» мәҳәллесинде жасаўшы социяллық қорғаўға мүтәж, диний ағым тәсирине түскен шаңараққа ҳәм де кем тәмийинленген шаңарақтың жасаў шараятлары менен танысты, шаңарақ ағзалары менен сабырлылық, перзент тәрбиясы мазмунында сәўбетлести. Оларға қәўендерлер кѳмеги менен шаңарақ балалары ушын оқыў қураллары ҳәм азық-аўқатлық ѳнимлеринен материаллық жәрдемлер берилди. Соң райондағы «Абдуллоҳ норинжоний» мешитине барды, ол жердеги шараятлар, жаңадан дүзилген китапхана, абаданластырыў ҳәм тахаратханадағы ири оңлаў жумыслары менен танысты.

Сапар даўамында районның «Мәденият сарайында» «Халық арасында ақыйдапарастлықтың алын алыў» сүрени астында шѳлкемлестирилген «Жаўызлыққа қарсы — мәрипат» атамасындағы иләжда қатнасып, ислам – тынышлық дини, миллетлер ара татыўлық, прозелитизм ҳәм диний кеңпейиллик ҳаққында аяты кәриймалар ҳәм Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳәдислеринен мысаллар келтирип баянат жасады. Иләжда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Дин ислери бойынша комитеттиң аймақлық басқармасы ўәкиллери, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты профессорлары, Елликқала районы турғынлары, мәҳәлле комитети баслықлары, имам-хатиблер, атынайылар ҳәм мекеме-кәрхана ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўдан соң райондағы имам-хатиблер менен де ушырасып, тараўға тийисли тапсырмалар берди.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

Тэглер