Фото

"Жаўызлыққа қарсы — мәрипат" атамасында ушырасыў болып өтти

06 Август, 2024 1878

Бүгин, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси шөлкемлестириўинде Беруний районы Мәденият сарайында "Жаўызлыққа қарсы — мәрипат" сүрени астында жыйналыс болып өтти. Онда Диний комитеттиң аймақлық басқармасы ўәкиллери, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы, Нөкис педагогикалық институты профессорлары, Беруний районы турғынлары, мәхәлле комитети баслықлары, имам-хатиблер ҳәм отинайылар қатнасты. Ушырасыўда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов жаслар тәрбиясы, тынышлық — уллы неъмат ҳәм миссионерлик ҳаққында аяты кәриймалар ҳәм Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа салламның ҳәдислеринен мысаллар келтирип баянат жасады.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

Тэглер