Фото

Жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳалынан хабар алынды

06 Август, 2024 1964

Ѳзбекстан мусылманлары басқармасының басламасы менен усы жылы Ҳаж зыяратына барып келген пуқаралар ѳзлери жасап турған аймақтағы жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳалынан хабар алыў, оларға қайырқомлық етиў, жасларды илим-билимге қызықтырыў, оларды туўры жолға баслаў усыныс етилген.

Бул саўаплы баслама республикамыздағы бәрше мешитлер тәрепинен қоллап-қуўатланып, бүгинги күнге шекем имам-хатиблер ҳажы ата ҳәм ҳажы аналар менен биргеликте ѳзлери жасап турған аймақтағы тѳрт жүзден аслам жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳалынан хабар алды, оларға әмелий ҳәм материаллық жәрдемлер берилди, жаслар тәрбиясы ҳаққында түсиник жумысларын алып барылды.

Усындай жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳалынан хабар алыў мақсетинде Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов, Беруний районы Бас имамы А.Тагаев ҳәм ҳажылар менен биргеликте райондағы «Харезм» мәкан пуқаралары жыйынында жасаўшы жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳалынан ҳабар алды ҳәм оларға азық-аўқатлық ѳнимлерден жәрдемлер берди.

Материаллық ҳәм әмелий жәрдем кѳрсетилген шаңарақ ағзалары ҳүкиметимизге ҳәм бул баслама шѳлкемлестириўшилерине ѳзлериниң миннетдаршылықларын билдирмекте.

Шѳлкемлескен бул қәўендерлик иләж орынлардағы ҳажылар ҳәм имам-хатиблер менен биргеликте республикамыз бойылап даўам етпекте.

Сондай-ақ, қазы Б.Разов райондағы «Дәрўиш ишан» ҳәм «Қайырлы баба» жаме мешитлериндеги абаданластырыў ҳәм қурылыс жумыслары менен де танысты.

Тэглер