Фото

Кәсиплесимиз кѳкирек нышаны менен сыйлықланды

30 Июль, 2024 1728

Нызамшылық палатасы 2021-жыл 30-июль күнин «Халықлар дослығы» күни ретинде белгилейтуғын нызамды қабыллады. 2011-жылда БМШ бул сәнени «Халық аралық дослық күни» деп жəриялаған еди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң жəрдемшиси А. Мағруповтың тапсырмасына тийкарланып, Дослық фестивалы шеңберинде «Халықлар дослығы» кѳкирек нышанын 30-июль – «Халықлар дослығы күни» қарсаңында Ташкент қаласындағы «Intercontinental» мийманханасында Миллетлер аралық қатнасықлар ҳəм шет ел мəмлекетлери менен дослық байланыслары комитети тəрепинен салтанатли түрде тапсырыў белгиленген.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен Шоманай районы «Шоманай» жоме мешити имам-хатиби Амедов Бахтияр Жумамбетовичтиң бир нешше жыллардан берли диний тараўдағы хызметин инабатқа алып, «Халықлар дослығы» кѳкирек нышанына усынылған еди.

Бүгин, Ташкент қаласындағы «Intercontinental» мийманханасында бир қатар тараў қәнигелерин сыйлықлаў мәресими болып ѳтти. Онда кәсиплесимиз Шоманай районы «Шоманай» жоме мешити имам-хатиби Амедов Бахтияр Жумамбетович «Халықлар дослығы» кѳкирек нышаны менен сыйлықланды.

Кәсиплесимизди Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳәм бәрше диний тараў хызметкерлери атынан қутлықлаймыз, алдағы жумысларында табыслар тилеймиз.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер