Бүгин, 3 январь күни шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуф ҳәзирет тийкар салған «Ҳилал» баспаханасында Аллаҳ тааланың кәламы – Мусҳафы шәрийфти басып шығарыў басланды.
«Ҳилал» баспаханасы Ѳзбекстан Мусылманлары басқармасы менен биргеликте бул мусҳафы шәрийфти Мысыр Араб Республикасындағы «Дәрус-сәләм» баспаханасының рәсмий руқсаты менен басып шығарып атыр.
Бүгин мусҳафы шәрийфтиң дәслепки бетлерин басып шығарыў мәресими болды. Мәресимге шайх ҳәзиреттиң ең жақын қатарласлары Заҳиджан дамла Қәдиров, Ѳзбекстан мусылманлары басқармасынан Абдулҳамид Турсунов, Ѳзбекстан қарыйлар жарысы бойынша ѲМБ қасындағы кеңес баслығы Абдулҳаким қарый Матқулов, кеңес ағзасы Ҳасанхан қарый Абдулмажид, «Фатҳ» мешитиниң имамы Баҳадыр қарый Раҳматуллаҳ, устаз Муҳаммад Айюб Ҳамидов, шайх Муҳаммад Садық Муҳаммад Юсуфтың баласы Исмайыл дамла ҳәм басқа да кѳплеген устазлар болды.
Қураны кәрийм тиләўатынан соң бул қайырлы истиң даўамлы болыўын тилеп дуўалар етилди, үскенелер иске түсирилип, Мусҳафы Шәрийфтиң дәслепки бетлери басып шығарылды.