Фото

Диний-мәрипий мазмунда сәўбетлесиў ѳткерилди

27 Июль, 2024 1628

Ѳзбекстан Республикасында нәгиранлар ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенсияны әмелге асырыў, имканияты шекленген пуқаралар қатнасында диний-мәрипий сәўбетлесиўлер ѳткериў жолға қойылған.

Бүгин, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов пайтахтымыздағы «Имам ийшан Муҳаммад» жоме мешити мәжилислер залында Нѳкис қаласындағы еситиў ҳәм сѳйлеў қәбилетинде нуқсаны болған пуқараларға «Шаңарақта ҳаялдың ўазыйпалары» атамасында сәўбетлесиў ѳткерди.

Онда, Аллаҳ таала ҳəйеллерге ана болыў сыяқлы, даңқлы ҳəм жоқары жуўапкершиликти, шаңарақта перзент тәрбиясын оларға берди. Тәрбиялы ҳәм саналы перзент - жәмийет тиреги. Усының менен бирге ер адамларды физикалық жақтан күш талап етиўши жумысларға, атап айтқанда, кəсип-кәри арқалы шаңарағына напақа бериў ҳəм де шаңарақты басқарыў ислерди де олардың мойнына жүклеп, ер адамларды ҳəйеллерден абзал етип жаратқанлығы, Аллаҳ таала бул ҳаққында: “Жақсылық пенен ҳаяллардың ўазыйпасы болғанындай және ҳақлары да бар. Еркеклерде олардан бир дәреже үстинлик бар. Аллаҳ – Қүдиретли, Ҳикметли”, деген аяты-кәриймалардан мысаллар келтирди.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер