Фото

Таза ишимлик суў машқаласы шешилди

27 Июль, 2024 1855

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси басламасы менен таза ишимлик суўдан машқаласы болған алыс аймақ турғынларына таза ишимлик суў шығарыў ислери әмелге асырылмақта.

26-июль күни Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қәўендерлер кѳмеги менен Кегейли районы «Ийшан қала» аўыл пуқаралары жыйыны «Томарлы басар» аўылында жасаўшы 25 шаңараққа жер кран қағып, таза ишимлик суўы шығарып берилди.

Мақсетимиз халқымыздың жасаў шараяты жақсыланыўына үлес қосыў болып табылады, дейди қазыят қәнигелери.

Бул саўаплы исте ѳзлериниң қайырқомлық жәрдемлерин берген инсанларға Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты атынан миннетдаршылық билдирип қаламыз!

Ҳәдиси-шәрифлердиң биринде Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: “Ким суў бар орынға суў шығарса, бир жанды азат еткендей болады, ким суў жоқ орыннан суў шығарса, бир жанды тирилтиргендей болады”, дейди (Ибн Асокир рəўияты).

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер