Фото

Диний тараў қәнигелери менен "Кибер мәдениятты жетилистириў айлығы" мүнәсибети менен ушырасыў болып өтти

16 Июль, 2024 1613

Бүгин, 16-июль күни "Кибер мәдениятты жетилистириў айлығы" мүнәсибети менен имам-хатиблер, Нөкис Муҳаммад ибн Аҳмад ал-Беруний медресеси устазлары қатнасыўында ушырасыў болып өтти. Сәўбетти Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы орынбасары А.Джулаушиев ашып берди.

Илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Кибер қәўипсизлик бөлими баслығы Сейтмуратов Даўлетнияз, Өзбекстан Республикасы ИИМ Кибер қәўипсизлик орайы ўәкили Эркинов Жамшидбек, Қарақалпақстан Республикасы Диний комитет аймақлық басқармасы бас кәнийгеси Нурылла Жамалов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Терроризмге қарсы гүресиў басқармасы бөлими баслығы Нурлыбек Тажимуратовлар сөзге шығып, республикамыз аймағында кибержынаятлардың алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиў бойынша мағлыўматлар берди. Сондай-ақ, бундай жынаятлардың алдын алыўда диний тараў қәнигелериниң орны айрықша екенлиги де атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында қатнасыўшылар ѳзлерин қызықтырған сораўларға баянатшылар тәрепинен керекли жуўаплар алды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

Тэглер