Фото

Имам-хатиблеримиз де спортта ѳз шеберликлерин кѳрсетпекте

14 Июль, 2024 1675

Ислам дини инсан баласының денеси бəркəмал ҳəм саў болып дүньяға келиўин тəмийинлеўге əҳмийет қаратты.

Руҳтың тəрбиясы ўәжип, соның менен бирге, денениң тəрбиясы да зəрүр. Сол себепли, Ислам дини инсанның психологиялық ҳəм физикалық кəмалы ушын инсаният тарийхында үлкен жетилискен ҳəм кепилликли тəлийматларды алып келген…

Усы жылдың 11-14-июль күнлери “Бес баслама олимпиадасы” шеңберинде стол теннис спорт жарысының А-Б-Ц лигалары Республика басқышы Сырдәрья ўәлаятында болып ѳтти.

Онда жерлесимиз Тахтакѳпир районы «Абдулкәрийм ахун» жоме мешити имам-хатиби Ильяс Аметниязов В-лигада 27-30 жас спортшылар қатарында Тахтакѳпир районы «Дәўқара» аўыл пуқаралары жыйыны атынан қатнасып, сыйлы 3-орын жеңимпазы болды.

Жарыс жуўмақында жеңимпазлар Ѳзбекстан Республикасы Спорт министрлиги тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Жеңимпазларды жетискенликлери менен қутлықлап, алдағы жарысларда әўметлер тилеп қаламыз.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

Тэглер