Фото

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы нураныйлар менен ушырасты

26 Июль, 2024 1640

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Қоңырат районындағы хызмет сапары даўамында райондағы «Молла Исҳақ» жоме мешитине де барды. Ол жердеги шараятлар, мешит әтирапындағы абаданластырыў жумыслары менен танысты. Мешитте нураныйлар менен ушырасып, олардың мүрәжаатларын тыңлады. Аймақтағы той-мерекелерде ысырапгершиликтиң алдын алыў, перзент тәрбиясына итибар қаратыў, жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқуқбузарлықтың алдын алыў бойынша сәўбетлести.

Хызмет сапары соңында қазы Б.Разов Қоңырат районы бас имамы Р.Умаровқа имам-хатиб пенен тығыз байланыста болыўы менен бирге бир қатар тапсырмалар берди.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер