Фото

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Қоңырат районы «Ҳәким Сулайман» мешитинде Жума намазын оқыды

26 Июль, 2024 1671

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы районларда хызмет сапарында болып, мешитлердиң шараятлар менен жақыннан танысып, имам-хатиблер, маҳәлле турғынлары менен ушырасыўы, олар менен мәсләҳәтлескен ҳалда ѳзиниң пикир ҳәм усынысларын берип атырғанлығы ҳаққында социаллық тармақларымыз арқалы хабар берип бармақтамыз.

Бүгин қазысы Б.Разов Қоңырат районы бас имамы Р.Умаров пенен биргеликте райондағы мешитлерде жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.

«Ҳәким Сулайман» жоме мешитинде жәмәәтке «Бир ҳәдис түсиндирмеси» атамасында жума баянаты менен бирге елимизде ҳүким сүрип турған тынышлық ҳәм оның қәдирине жетиў, жасларымыздың тәрбиясына, илим-билим алыўларына итибар қаратыў. Сондай-ақ, елимизде алып барылып атырған реформаларға ѳзлеримиздиң инсаныйлық үлесимизди қосыў, оларды қоллап-қуўатлаўымыз кереклиги ҳаққында айтып ѳтти.

«Ҳәким Сулайман» жоме мешитинде жаратылған қурылыс-ремонт жумыслары менен жақыннан танысты.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер