Аллаҳ таала: «Жолға қәдир болған адамларға Аллаҳ ушын Үйди (Каабаны) ҳаж қылыў (парызы) бар. Ким күпир келтирсе, Аллаҳ әлемлерден бийқәжет», (Әли Имран сүреси, 97) деген.
Бул аяты кǝрийма менен Ҳаж ибадаты парыз болған. Аяттың мǝнисинен билинип турғанындай, Ҳаж ибадаты ҳǝммеге де парыз бола бермейди. Бәлким «Адамлардан жолын тапқанларына» парыз болады. Олар кимлер? Олар денсаўлығы жақсы, Ҳажға барып-келиўге шаңарағынан аўыстырған қарежети бар, жолында қǝўип-қǝтер жоқ, ҳаял адам болса, маҳрамы бар адамлар.
Бул шәртлерди ѳзинде жәмлеген ҳǝр бир мусылманға ѳмиринде бир мǝрте Ҳаж етиў парыз болады. Сол себепли де аяттың ақырында: «Ким күпир келтирсе, Аллаҳ әлемлерден бийқәжет», делинбекте. Яғный кимде-ким мүмкиншилиги бола турып, Ҳаж қылмаса, Аллаҳ таала Ҳаж қылмағанның ибадатына да бийқǝжет болып табылады. Бул жерде мүмкиншилиги бола турып, Ҳаж қылмаў, күфирге теңлестирилмекте...
Хабарыңыз бар усы жылдың 5-июнь күни Қарақалпақстан Республикасынан 192 пуқараларымыздың Ҳаж зияратына жѳнеп кеткени ҳаққында сайтымыз арқалы хабар берген едик. Пуқараларымыз ҳаждың парыз, сүннет ҳǝм ўǝжип ǝмеллерин толық орынлап елимизге жетип келди.
Бүгин Нѳкис халық аралық аэропортынан Ҳажыларды күтип алыў мǝресими болды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы орынбасары А.Джулаушиев, қазыят хызметкерлери, имам-хатиблер, Нѳкис медресеси оқытыўшылары, зияратшылардың туўысқан-туўғанлары ҳǝм ғалаба хабар қураллары ўǝкиллери қатнасты.
Аллаҳ таала ҳажыларымыздың ибадатларын, елимиздиң тынышлығы ҳǝм пǝраўанлығын сорап еткен дуўаларын Ѳз дәргаҳында қабыл еткей.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты