Фото

Диний тараўда хызмет етип атырған жасларды байрам менен қутлықлады

29 Июнь, 2024 355

Жаслар - ҳəр бир журт ҳəм миллеттиң байлығы, уллы потенциалы ҳəм де күш-қүдирети дəреги болып табылады. Журтымызда халықтың 60 проценттен зыят бөлегин 30 жасқа дейинги жаслар қурайды. Сол себепли де мəмлекетимизде жасларға ғамхорлық қылыў, олар келешекте кəмал инсан болып ержетиўи ҳəм журт раўажланыўы жолында өз мүмкиншилиги ҳəм потенциалын жумсаўы ушын барлық шараятлар жаратып берилмекте.

Бүгинги күнде журтымызда ҳүрметли Президентимиз башылығында əмелге асырылып атырған жасларға тийисли мəмлекет сиясаты заманагөй билим ҳəм көнликпелерге ийе, мəмлекеттиң мүнəсип келешеги ушын жуўапкергиликти өз мойнына ала билетуғын бəркəмал, мақсетке умтылыўшы ҳəм ғайратлы жасларды тəрбиялаўға бағдарланғаны менен əҳмийетли болып табылады.

Бүгин Нѳкис Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний медресесинде Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты шѳлкемлестириўинде 30-июнь – Жаслар күни мүнәсибети менен диний шѳлкемлерде хызмет етип атырған жасларды байрам менен қутлықлаў кешеси болып ѳтти.

Кешеде Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳәзиретиниң диний басқарма системасында мийнет етип атырған жасларға мүрәжәәтнамасы оқып еситтирилди.

«… Сизлер динимиз қуўаты, халқымыз байлығы, журт сүйениши ҳəм келешек тийкарларысыз. Солай екен, илим-бахыт гилти деп бийбаҳа руўхый мийраслар қалдырған уллы бабаларымыз изинен жүриң. Олар сыяқлы өз саласының жетик қəнигеси болып жетисиң.

Бүгинги қурамалы дəўирде мудамы сергек турың. Ҳеш қашан ғəплетте қалмаң.

Жуўапкершилигиңиздеги ҳақларды мүмкиншилиги барынша пуқта ҳəм кемшиликсиз ѳтең. Бул жолда ықлас, садықлық, тақўа ҳəм муҳаббат сизиң жақын жолдасыңыз болсын», деген сѳзлери кеше қатнасыўшыларына алдағы жумысларын пидайылық пенен атқарыўына түртки болды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы орынбасары А.Джулаушиев, Нѳкис Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний медресеси директоры Ж.Абдираззақов, аға оқытыўшы А.Идрисов ҳәм Ж.Искендеровлар кеше қатнасыўшыларын байрам менен қутлықлады, олардың жумысларында табыслар тиледи.

Ушырасыўдан соң кеше қатнасыўшыларына естелик саўғалар берилди ҳәм байрам дастурханы жайылды.

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.

Тэглер