Фото

Мәккәдан Мадинаға еки саат әтирапында жетип барыў мүмкин бе?

31 Декабрь, 2017 1378

Ендиликте бул ис мүмкин болды. Мәккә-Мадина тезжүрер поезди 31 декабрьдан жолға қосылады

Жоқары тезликте ҳәрекетлениўши Мәккә-Мадина жѳнелисиндеги поезд жолаўшылар менен дәслепки қатнаўшы 31 декабрь күни әмелге асырады.

Алдынырақ “Ал-Харамайн” деп аталыўшы бул қатнаў жѳнелисиниң ашылыўы 2018-жылдың март айына белгилеп қойылған еди. Саудия Арабстаны ҒХҚ ның хабарына кѳре, Мәккәи Мукаррама ҳәм Мадинаи Мунаўўаралар мусылман болмағанлар ушын жабық болыўына қарамастан, Мәккәға шекем болған режедеги биринши қатнаўда Саудия ҳәм Испания мәмлекетлериниң ўәкиллери қатнасыўы нәзерде тутылған. Бул жоқары тезлик магистралы қурылысын Саудияның 12 ширкети ҳәм Испанияның 2 ширкетинен қуралған “Ал-Шаула” бирлеспеси қурған.

Бул темир жолды қурып питкериў ушын жәми 7 млрд. доллар муғдарында қаржы жумсалған. Ендиликте Мәккә ҳәм Мадина аралығында 450 километрли қашықлықты еки ярым сааттан аз ўақытта басып ѳтиў мүмкин болып қалды. Ал бул ѳз нәўбетинде ҳаж ҳәм умра сапары ибадатларын әмелге асырыўшы мусылманлар ушын жүдә үлкен әҳмийетке ийе.

Тэглер