Пайғамбарымыз салаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Жәннет райҳанлары» деп тәрийп берген перзентлеримиз инсан ѳмириниң ең шийрин мийўелери болып табылады. Сол себепли де ҳәр бир ата-ана перзенти дүньяға келген күннен баслап, оған пүткил меҳрин береди оны абайлап, сақлап бар мүмкиншилигин сарыплайды. Оларды жақсы тәрбиялайды.
Перзентлеримиздиң илимли, билимли ҳәм тәрбиялы болып ѳсиўи ушын мәмлекетимиз тәрепинен бир қанша имканиятлар жаратылған. Олар ушын арнаўлы балалар байрамы күни де үлкен итибар менен белгиленип ѳтпекте. Бул байрам 1-июнь халық аралық балаларды қорғаў күни.
Бул күн мүнәсибети менен республикамыздағы мешитлер тәрепинен қәўендерлер кѳмегинде орынлардағы балаларды қутлықлады. Байрам дастурханы жайылып, саўғалары берди.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты