Бул күн 1925-жылы Женевада балалар пәраўанлығына арналған Пүткил дүнья конференциясында шөлкемлестилген болса, арадан 25 жыл өтип, яғный 1950-жылдан байрам сыпатында белгиленип келинеди.
Балалар ѳмиримиздиң даўамшылары, келешегимиз ийелери. Сонлықтан, оларды асырап-абайлаў, ҳәр тәреплеме бәркәмал етип тәрбиялаў ҳәр бир мәмлекет, ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир ата-ананың муқәддес миннети.
Бүгин усы халық аралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов ҳәм «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан бѳлими ўәкиллери менен биргеликте Республикалық қǝнигелестирилген онкология илимий-ǝмелий медицина орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы шыпаханасында емленип атырған балалардың ҳалынан хабар алды, оларға балалар ойыншықлары берилди.
Ол жердеги емленип атырған наўқасларға жаратылған қолайлықлар менен танысыўы даўамында наўқас балаларды қоллап-қуўатлаў, олардың денсаўлығын тиклеў ушын ҳүкиметимиз тәрепинен кѳплеген пǝрман-қарарлардың қабыл етилиўи, оларды социаллық жақтан қорғаў бойынша да бир қанша илажлар алып барылып атырғаны ҳаққында сәўбетлести ҳәм жǝннет райханлары болған балаларымыздың денсаўлығына Аллаҳ тааладан шыпа сорап дуўалар етти.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты