Соңғы жыллары миллий қәдириятларымызға, ата-бабаларымыз мийрасына айрықша итибар ҳәм дыққат қаратыла басланды. Нәтийжеде кѳплеген әўлийе ҳәм уламаларымыздың бай мәдений мийрасы қайта тикленип, олар ҳаққында жаңа ашылыўлар қолға киргизилмекте.
Сондай бийбаҳа мәдений мийрас қалдырып кеткен тулға Сулайман Бақырғаный (Ҳәким ата). Сулайман Бақырғаный – өз дәўринде муқаддес Ислам дининдеги суфизм философиясының ең жоқары тулғаларынан бири, Хожа Ахмед Яссаўий тарийқатының даўамшысы. Уламаның өмири ҳаққындағы жазба мағлыўматлар түрли рәўиятлар менен араласып кеткен. Халық арасында «Ҳәким ата» атамасы менен де белгили…
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов Мойнақ районына еткен хызмет сапары даўамында райондағы «Ҳәким ата» жоме мешитиндеги шараятларды барып кѳрди. Сапар даўамында Сулайман Бақырғаный (Ҳәким ата) қәбирин зиярат етип, марҳумлар ҳаққына Қуран тиләўат қылды. Ол жердеги зияратшылар ушын шѳлкемлестирилген китапханаға барып, Сулайман Бақырғаныйдың ѳмири жолы ҳәм дѳретиўшилигине тийисли китаплар менен танысты.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.