Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разовтың Мойнақ районында хызмет сапары ҳәм орайлық «Тоқпақ ата» жоме мешитинде Жума намазын оқығаны ҳаққында хабар берген едик.
Жума намазынан соң райондағы мәҳәлле имамлары менен ушырасты. Ушырасыў даўамында экстремизим, терроризм, миссионерлик ҳәм прозелетизм иллетлериниң алдын алыў, той-мерекелерди ықшамластырыў, ысырапкершиликтиң алдын алыў, шаръий некениң пазийлети, тынышлық ҳәм қәтержамлық, жаслар тәрбиясына итибар, оларды илим-билим алыўға қызықтырыў, жәмийетке пайдалы кәсип ийеси болыўға тәрбиялаў бойынша сәҳбетлести.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты.