Тюмен журты Тоболск қаласының босағасына мусылманлар Аллаҳ тааланың аты ҳәм Қураны кәрийм аятлары жазылған естелик орнатты.
Бул естеликти орнатыў жойбары жергиликли ҳәкимият пенен келисилген ҳалда әмелге асырылды. Естеликте Аллаҳ сѳзи араб жазыўында жазылған. Рус тилинде «Рейимли ҳәм меҳрибан Аллаҳ аты менен» («Во имя Аллаха, Милостивого, Милосердного») ҳәм «Бизлерди туўры жолға басла» (бул аяттың орысшы мәнилер аўдармасы ҳәм арабша оригинал тексти де) деп жазылған.
Тоболск қаласы мусылманлары алдыңғы 15 әсирлерде бул жерде Сибир ханлығы болғанының белгиси сыпатында усы естеликти орнатты. Тоболск қаласы қасынан табылған Сибир ханы Кѳшимханның отырған Искер қаласы қалдықлары усы күнге шекем жергиликли халық тәрепинен абайлап асырап келинбекте.
Қурылғанынан бери Тоболск қаласы таў үсти ҳәм таў асты бѳлимлерине бѳлинген. Тарийхшылардың мағлыўматларына кѳре, 1587 жылы еки қорған орнында Тоболск қаласына тийкар салынған. Сол қорғанлардың биреўиниң аты «Пысық тѳре» болғаны да мәлим.