Қарақалпақстан Республикаси Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳәм Ѳзбекстан халық аралық ислам академиясы жанындағы тәжирийбе асырыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы менен биргеликте республикамыздағы атынайылар ҳәм үгит-нәсиятшылар қатнасында оқыў-семинары ѳткерилгени ҳаққында социаллық тармақларымыз арқалы хабар берген едик.
Усы семинардың екинши бѳлиминде Нѳкис Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний атындағы орта арнаўлы ислам билим журты спорт залында спорттың шашка, шахмат ҳәм волейбол түрлери бойынша спорт жарыслары шѳлкемлестирилип, жарыс қызғын кѳринисте ѳткерилди. Спорт жарыста жеңимпаз болған қанасыўшыларға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен «Мақтаў жарлығы» ҳәм естелик саўғалар берилди.
Спорт жарысына Қарақалпақстан Республикаси Министрлер Кеңеси Баслығы орынбасары Р.Нуразизов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов ҳәм Ѳзбекстан халық аралық ислам академиясы жанындағы тәжирийбе асырыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы директоры А.Абибуллаевлар қатнасып, жеңимпазларды қутлықлады ҳәм естелик саўғаларын тапсырды.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты