Қарақалпақстан Республикаси Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳәм Ѳзбекстан халық аралық ислам академиясы жанындағы тәжирийбе асырыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы менен биргеликте республикадағы атынайылар ҳәм үгит-нәсиятшылар қатнасында оқыў-семинары ѳткерилди.
Оқыў-семинарда жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, Ѳзбекстан халық аралық ислам академиясы жанындағы тәжирийбе асырыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы ҳәм Муҳаммад ибн Ахмад ал Беруний медресесиниң аға оқытыўшылары диний ҳәм социаллық темаларда кѳргизбе қураллар арқалы баянат жасады.
Семинар шынығыўлары бүгинги күндеги машқалалар, семинар-тренинг, сәўбетлесиў, пикир алысыў, үлкен ҳәм киши топарларда ислеў және де интерактив методлардан пайдаланған ҳалда алып барылды.
Оқыў-семинарға Қарақалпақстан Республикаси Министрлер Кеңеси Баслығы орынбасары Р.Нуразизов, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов ҳәм Ѳзбекстан халық аралық ислам академиясы жанындағы тәжирийбе асырыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы директоры А.Абибуллаевлар қатнасты.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты