Бүгин, Нѳкис «Имам ийшан Муҳаммад» жоме мешити мәжлислер залында усы жылы Ҳаж зияратына барыўшыларға зиярат тәртиплерин түсиндириў ҳәм басқа да мәселелер бойынша жыйналыс болып ѳтти.
Жыйналыста Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов ҳәм басқа да тийисли шѳлкем ўәкиллери қатнасып, Ҳаж зияраты әмеллерин орынлаўдың шаръий аҳкомлары, атап айтқанда, Ҳаждың парыз ҳәм ўәжиблери, эҳромға кириў, таўаф ҳәм саъй қылыўдың тәртип-қағыйдалары, ҳаж қылыў ўақтында қадаған етилген әмеллерден сақланыў, соның менен бирге, Мадинаи мунаўўара ҳәм Маккаи мукаррамадағы мүбәрек орынларды зыярат етиў әдеплери, сырт елге шығыў ҳәм кириў тәртиби ҳаққында айтып ѳтти.
Соның менен бирге, зияратшыларға мүбәрек сапар даўамында мудамы салдамлы болыў, бир-биреўге жәрдем көрсетиў, зикир ҳәм ибадатларды көбейтиў ҳаққында да айрықша айтып өтти. Жыйналыс қатнасыўшылары ѳзлерин қызықтырған сораўларға баянатшылар тәрепинен керекли жуўаплар алды.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты