Мәмлекетимизде диний-мәрипий салада әмелге асырылып атырған ислерди кеңнен еңгизиў, тынышлық ҳәм парахатшылықты қәдирлеў, Ислам дини тәлиматларын тарқатыў ҳәм түрли күшлерден қорғаў, халқымыз, әсиресе, ѳсип киятырған жас әўладты туўры тәрбиялаўда исшеңлик кѳрсеткенлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде ҳәр жылы «Сарҳисаб» таңлаўы ѳткерилип келинеди.
Быйыл да, 30 декабрь күни Ѳзбекстан Мусылманлары басқармасында таңлаўдың Республика басқышы болып ѳтти. Таңлаў Ѳзбекстан Республикасы Министрлер кеңеси қасындағы Дин ислери бойынша комитет, Ѳзбекстан ғалаба хабар агентлиги, Ѳзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Ѳзбекстан мусылманлары басқармасы ҳәм Ташкент ислам университети менен биргеликте ѳткерилди.
“Сарҳисаб – 2017” де тѳмендеги нәтийжелер жәрияланды:
Газета-журналлар жѳнелиси бойынша:
1-орын Адилхан Исмайылов (Ташкент қаласы «Шайх Зайниддин» мешити имамы);
2-орын Муҳтарама Улуғова (“Маўароуннаҳр” баспаханасы хызметкери);
3-орын Жаҳангир Жораев (Дин ислери бойынша комитет хызметкери).
Телевидение жѳнелиси бойынша:
1-орын Ҳайытов Шуҳрат (“Ѳзбекстан” телеканалы “Мәдений-мәрипий ҳәм публистик дем алыў бағдарламалары” бѳлими баслығы);
2-орын Уйғун Ғафуров (Ташкент ислам институты ректоры);
3-орын Илҳам Мәрупов (“Маўароуннаҳр” баспаханасы хызметкери);
Интернет жѳнелиси бойынша:
1-орын Раҳматуллаҳ Сайфуддинов (Ташкент қаласы “Мырза Юсуф” мешити имамы);
2-орын Алымхан Юсупов (Самарқанд ўәлаяты “Махдуми Аъзам” мешити имамы);
3-орын Зайыр Сидиқов (Ташкент қаласы ўәкиллиги хызметкери).
Радио жѳнелиси бойынша:
1-орын Шамсуддин Баҳаудинов (Қарақалпақстан Республикасы мусылманлары қазыяты қазысы);
2-орын Хайруллаҳ Турматов (Ташкент ўәлаяты бас имамы);
3-орын Фарҳад Абдуллаев («Зия» медиа орайы ўәкили).
Жылдың ең исшең нәсиятлаўшысы:
1-орын Раҳимберди Раҳманов (диний басқарма мешитлер бѳлими баслығы);
2-орын Назима Ибрагимова (“Хадижаи Кубра” билим журты директоры);
3-орын Дамин Жумақулов (“Маўароуннаҳр” баспаханасы хызметкери).