Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов «Қарақалпақстан» посёлкасына еткен хызмет сапары даўамында посёлка турғынлары менен де ушырасып, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең кѳлемли реформалар, сиясий, социаллық-экономикалық раўажланыў бойынша қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси, барлық тараўлардағы соңғы ѳзгерислер, елимизде алып барылып атырған саўаплы ислер сондай-ақ, миллетлераралық татыўлықты беккемлеў, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, олардың бос ўақытларын илим-билим алыўға бағдарлаў ҳаққында сѳз етти.
Ушырасыў даўамында «Қарақалпақстан» посёлка пуқаралар жыйыны баслығы Қутлы апа Қошымбетоваға Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепинен миннетдаршылық билдирилди ҳәм естелик саўғалар берилди.
Сапар даўамында посёлкадағы қурылыс-ремонт, кѳгалландырыў ҳәм абаданластырыў жумыслары менен танысты. Посёлкадағы жәрдемге мүтәж 2 шаңарақ ҳалынан хабар алды, олардың турмыс тәрзи менен жақыннан танысып, азық-аўқат ѳнимлеринен материаллық жәрдемлер берди.
Хызмет сапары соңында қазы Б.Разов Қоңырат районы бас имамы Р.Умаровқа «Қарақалпақстан» посёлкасы район орайынан алыс аймақта жайласқанлығын инабатқа алып, посёлкадағы «Бердақ баба» мешити имам-хатиби пенен тығыз байланыста болыўы кереклиги ҳаққында айтты ҳәм бир қатар тапсырмалар берди.
Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты