Фото

Алыс аймаққа хызмет сапары шѳлкемлестирилди

03 Май, 2024 328

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы республикадағы мешитлерде жаратылған шараятлар менен жақыннан танысыўы, имам-хатиблер менен ушырасыўы, олар менен мәсләҳәтлескен ҳалда ѳзиниң пикир ҳәм усынысларын берип атырғанлығы ҳаққында социаллық тармақларымыз арқалы хабар берилмекте.

Бүгин қазы Б.Разов Қоңырат районы бас имамы Р.Умаров пенен биргеликте республикамыздың ең шетки аймақларынан бири «Қарақалпақстан» посёлка пуқаралары жыйынында хызмет сапарында болды.

Посёлкадағы барлық қолайлықларға ийе, заманагѳй үлгиде қурып питкерилген «Бердақ баба» жоме мешитинде жәмәәтке «Ата-анаға жақсылық – үлкен саўап» атамасында жума баянаты менен бирге елимизде ҳүким сүрип турған тынышлық ҳәм қәтержамлықтың қәдирине жетиў, жасларымыздың тәрбиясына, илим-билим алыўларына итибар қаратыў, сырт еллерда ўақтынша жумыс ислеп атырған жерлеслеримизди сергекликке шақырыў, миллетлер аралық дослық, сондай-ақ, елимизде алып барылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлаў ҳаққында айтып ѳтти.

Баянат соңында, «Бердақ баба» жоме мешити имам-хатиби Косутов Едилбекке ҳәм бир қатар нураныйлерге Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты тәрепиинен миннетдаршылық билдирилди ҳәм естелик саўғалар берилди.

Жума намазынан соң Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығы, халқымыздың пәраўанлығын сорап дуўалар қылады. Бул дуўалардың шарапаты менен Аллаҳ таала журтымызды және де пәрәўан, несийбелеримизди зыяда етсин…

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты

Тэглер