Фото

РӘСМИЙ ХАБАР: Дин ислери бойынша комитет "Ҳаж-2018" бахасына мүнәсибет билдирди

30 Декабрь, 2017 1498

Ҳәзирги күнде интернет сайтлары, социал тармақлар ҳәм ғалаба хабар қуралларында Ҳаж мәўсиминиң бахалары мәселесинде билдирилген мағлыўматлар пуқаралар арасында түрли тийкарсыз гәп-сөзлерледиң өршиўине себеп болмақта.

Ҳәммеге мәлим, Өзбекстан Республикасында Ҳаж ҳәм Умра мәўсимин үлгили шөлкемлестириў ислери “Ҳаж” ҳәм “Умра” зияратларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў мәселеси бойынша Жәмәәтшилик кеңеси шешимлери тийкарында әмелге асырылады.

Ҳаж мәўсимине таярлық ислери Өзбекстан Республикасы делегациясының Саудия Арабстаны Патшалығы Ҳаж ҳәм Умра ислери ўәзири менен болып өтетуғын ушырасыўдан кейин басланады. Бул ушырасыўда ҳаж мәўсимин үлгили, тәртипли ҳәм ең жоқары дәрежеде өткериў мәселелери додаланады.

2017 жылда зияратшылар саны 7200 етип ҳәм Екинши жәҳән урысы қатнасшылары мәмлекет тәрепинен арнаўлы рәўиште жибериўў белгиленген еди ҳәм де мәмлекетимизден жәми 7350 пуқараларымыз Ҳаж зияратын әмелге асырып қайтқан еди.

Январь айында “Ҳаж” ҳәм “Умра” зияратларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў мәселелери бойынга Жәмәәтшилик кеңеси жыйналысында зияратшылып тәрепинен төленетуғын қаржы мәселеси ортаға тасланады ҳәм белгиленеди.

Пуқараларымызда усы мәселеде жуўапкер ўәзирлик ҳәм басқармалар берген мағлыўматларға итибар қаратыўын усынамыз.

Дерек: Дин ислери бойынша комитет хабар хызмети

Тэглер