Фото

Мѳминди куфирде айыпламаң!

23 Апрель, 2024 251

Базы жасларымыз интернет тармақларында сезимге берилип, илимсизликке қандайда бир инсанды кәпирге шығарыў ҳәм сөгис жағдайларды гүзетип, қорқып кетемиз. Ал мѳмин инсанды кәпир ямаса пасыққа шығарыў сондай аңсат испе? Сол темада илимпазларымыздың сѳзлерин келтирмекшимиз. Саъдуддин Тафтазоний «Шарҳул ақоиди Наса-фийя» шығармасында: «Гүнаҳи кабиралар мѳмин бендени ийманнан да шығармайды, куфирге де киргизбейди», деген. Аяты кәриймада ҳәм ҳәдиси-шәрифлерден билгенимиздей, адам өлтириўшилик, урлық, сыйқырлық, зина, арақ ишиў, жала жабыў, ата-анаға ақ болыў, нызамсыз табыс табыў (рибо) ислам шәриятында қатты қараланған үлкен гүнаҳлар тайпасына киреди. Бир қатар ақыйда китапларында куфирден басқа ҳәр қандай гүнаҳ мѳмин бендени ийманнан шығармаўы айтып өтилген. Ҳадалды ҳарам, ҳарамды ҳадал санаған, парызды инкар еткен, куфир сөзлерди айтқан, Аллаҳтан өзгеге сәжде еткен, Куранның иләҳий каламына шек келтиргенлер кәпир есапланады. Солай екен, ҳәр қандай мѳминди куфирде айыплаў ҳеш мүмкин емес. Бул айырым «такфирши»лердиң иси болып табылады. Бизиң ақыйдамызға көре, ийман шәртлерин инкар етпегенлер ийманын ҳәргиз жоғатпайды.

Бул мәселеде әҳли сунна ўәл жәмәәт айтқан жуўмақ сол, мѳмин адам гүнаҳи кабира етиўи менен кәпир болып қалмайды. Тек сол исти ҳадал санаса, кәпир болады. Мысал ушын арақ ишкен адам оны ҳадал деп исенсе, кәпир болады. Арақты ҳадал деп исенбесе, оны ишсе асый болады.

Исламда дәслепки келиспеўшилик қозғалып, әҳли сунна ўәл жәмәәдан ажыралып шыққан тайпа - ҳорижийлер «Гүнаҳи кабира еткен кәпир болады», деп исенген. Бүгинги күнде сондай идеяларды илгери сүрип атырғанлар бар екенлиги бизди сергекликке шақырады. Тийкары «Ийманға - тил менен ықрар болыў ҳәм қәлб пенен тастыйықлаўдан ибарат, әмеллер болса ийман шәртине кирмейди», деп исенемиз. Гүнаҳи кабира еткен бенде пасық болады. Пасықлық тәўбе менен кетеди. Бул тәўбеден кейин қайта ийман келтириў шәрт емес. Тәўбеден кейин ийман кәлиймасын айтыў болса тек ғана муртадларга шәрт. Аят ҳәм ҳәдислерде гүнә еткен адамлар - «иймансыз» деп, «кәпир», «мүшрик», «муртад», деп мүрәжәәт етилмегени пикиримиздиң айқын тастыйғы болып табылады.

Анас разияллаҳу анҳудан рәўият етиледи: «Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўасаллам: «Лә иләҳә иллаллаҳу» деген адамға тиймеў: Гүнасы себепли оны кәпирге шығармаймыз. Әмели себепли оны Исламнан шығармаймыз», деди». Абу Даўыд рәўият еткен.

Сол себепли Қыямет күни Аллаҳ таала биреўдиң әмелин емес, бәлки өзимиздиң әмелимизди сораўын бәршемиз билиўимиз керек. Аллаҳ таала бәршемизге таўфиқ берсин!

Обидхон Икрамов.

Елликқала районы «Абдуллаҳ норинжаный» жоме мешити имам-хатиби Идрисов Абдулазиз қарақалпақ тилине аўдарды.

Тэглер