Фото

Мәнәўий қәўиптен сақланайық

23 Апрель, 2024 192

(даўамы)

… Миссионерлик ҳәрекети нәтийжесинде секталарға ағза болғанларды үш топарға бөлиў мүмкин.

Бириншилери - сектаның жол-жобаларына әмел ететуғын, бирақ оған толық кирмеген, сектадағы базы бир тәреплерге қосылмаса да, кескин қарсылық билдирмейтуғынлар.

Екиншилери - олар көбинесе секта дереклерин оқыйды, ибадатларда қатнасады, айырым бир нәзик мәселелерди толық аңлап жетпеген болса да тәлийматтың улыўма тәреплерин билгенлер.

Үшинши топар ўәкиллерин бир сөз бенен «жүдә берилгенлер» деп атаў мүмкин. Олар секта тәлийматына шын берилген адамлар болып, кескин ислерди амелге асырыўдан да қайтпайды.

Инсан шаңарақ, мәҳәлле, жәмийеттен бөлек жасай алмайды. Солай екен, өзимизге айтарлықтай итибар қаратыўымыз, исеним ҳәм жигеримизди босастырмаўымыз, әсиресе, әтирапымыздағы адамлар ушын да жуўапкер екенимизди терең сезиниўимиз керек. Яғный айтқанда миссионерлик ҳәрекетиниң жәмийетке, оның раўажланыўына келтиретуғын зыянлары ҳаққында түсиник жумысларын күшейтиўимиз зәрүр.

Халқымыз жүдә аўыр кешкен репрессия, қытгершилик, ашаршылық жылларында да өз динин сатпаған, өзлигин аңлаған. Бүгингидей тоқшылық, абадан күнлерде өз дининен қайтып, исенимин жоғалтса?!

Жуўмақлап айтқанда бүгинги күндеги абадан ҳәм парахат турмысымызға, тынышлығымызға, бирлигимиз ҳәм раўажланыўымызға қәўип салып турған миссионерлик ҳәрекетине, сондай-ақ басқа да бузғыншы ағымларға қарсы гүресиў ғәрезсиз мәмлекетимиздиң ҳәр бир пуқарасының ўазыйпасы болыўы лазым. Ўатан, миллет ҳәм келешек әўладлар алдындағы жуўапкершилигимиз бизден соны талап етеди.

Аминжан Набатов, Нөкис қаласы «Сәлмен ийшан» жоме мешити имам-хатиби.

Тэглер