Фото

Мирзиёев: “Имам Бухарый, Имам Термизий, Имам Матуридий ҳәм Имам Насафый ҳаққында фильм ислеўимиз керек”

30 Декабрь, 2017 1284

Президентимиз Шавкат Мирзиёев басшылығында 29-декабрь күни миллий кино өнери ҳәм киноиндустриямызды раўажландырыў бойынша исленип атырған ислерди көрип шығыў ҳәм бул бойынша ҳәзирги машқалаларды шешиў мәселесине арналған жыйналыс болып өтти. Бул ҳаққында President.uz сайтында хабар берилди.

Жыйналыста Бас ўәзир, тийисли ўәзирлик ҳәм басқармалар, “Өзбеккино” миллий агентлиги ҳәм оның қурамындағы дөретиўшилик шөлкемлери баслықлары, кинодөретиўшилердиң ўәкиллери қатнасты.

Дүнья көлеминде түрли идея ҳәм идеялогиялар гүреси, адамлар, әсиресе, жаслардың қәлби ҳәм аңын ийелеў ушын түрли күшлер арасында бәсеки кескин көринис алған бүгинги күнде ең ғалабалық өнер болған киноның теңсиз имканыятларынан жемисли пайдаланыўымыз керек, деп тәкидледи президентимиз Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз тараў қәнигелерине мүрәжат қылар екен, уллы бабаларымыз турмысы ҳаққында да фильмлер алыў керек екенин айтты. “Неге Имам Бухарый ҳаққында фильм жоқ? Имам Термизий, Имам Матуридий ҳәм Имам Насафый ҳаққында неге фильм исленбей атыр? Биз Ислам цивилизация орайын қурып атырмыз. Исламды билдириў жүдә үлкен тәрбия. Фильмлер исленсе, оны мешитлерде де көрсетсе болады. Биз усы арқалы Бухарый, Термизий, Матуридий ҳәм Насафый бабаларымыздың қылған ислерин адамларға жеткеремиз. Бириншиден, аңымыз өзгереди. Екиншиден, биз өзимиздиң үстимизде ислеў арқалы әтирапымызда муҳит жаратамыз ҳәм адамларды жаман иллетлерден сақлап, дөретиўшиликке жөнелтемиз. Ең тийкарғысы, биз өзлигимизди аңламас екенбиз, айтылған гәплерди орынлай алмаймыз”, – деди Шавкат Мирзиёев.

Тэглер